Театр-бул халыққа ибрат болатуғын уллы дәргай. Себеби жәмийетте жүз берип атырған ўақиялардың бәршеси театр өнеринде өз изин қалдырады. Бул мақалада қарақалпақ театр өнериниң пайда болыўы ҳәм раўажланыўына тийкар салыўшылар хаққында сөз барады.
Гилт сөзлер: қарақалпақ, театр, драма, əдебият, труппа.
Театр — это святое место, которое станет образцом для народа. Причина в том, что все происходящие в обществе события оставляют след в театре. В этой статье пойдет речь о тех, кто заложил основы возникновения и развития театра кукол.
Ключевые слова: театр, драма, литература, труппа.
Инсаният тарийхында айырықша орын ийелеген XX әсир өзиниң көплеген өзгерислери ҳәм жаңалықлары менен тарийх бетлеринде өшпес из қалдырды. Бул әсир бир қатар жәмийетлик өзгерислер, көп мың жыллық қырғынларға себеп болған урыслар, пән ҳәм техника, мәденият ҳәм көркем-өнер әлеминдеги мисли көрилмеген жаңалықлар менен тарийхқа кирип келди. Усы әсир қарақалпақ театрының да пайда болыўы ҳәм раўажланып, мүнәсип орын тутыўының гуўасы болды.
Дуньяда қаншама халықлар ҳәм миллетлер болса олардың ҳәр бириниң өзине тән басып өткен тарийхы бар. Сол тарийхый уақиялар тәсириниң нәтийжесинде қәлиплнсип раўажланған музыка мәденияты ҳәм көркем-өнери болады. Солар қатарында қарақалпақ халқының әсирлер даўамында қәлиплесип, атадан-балаға шынжырма-шынжыр өтип киятырған халық аўызеки дөретпелери болған миллий дәстурлери менен үрп-әдетлери, той-тамашаларының өткериў мәресимлери, қыз-жигитлердиң гештектеги ҳәзил-дәлкек айтыслары, халық ойынлары сөзимизге мысал бола алады.
Халқымыз арасында дәстүрге айланып кеткен: «күйеу келди», «қыз узатыў», «көримлик», «бет ашар», «бесик той», «тусаў кесиў» мәресимлеринде көриўимизге болады, бул дәстурлеримизди жыраў ҳәм бақсыларымыз шебер актёрлық пенен атқарғанлығы сол дәўирден баслап-ақ, халқымыздың хақыйқый театрласқан тамашаларының дәслепки сағалары болғанынан дерек береди. 1918-жыл хукимет тәрепинен «Театр бөлимин дүзиў хаққында» арнаўлы қарарынан кейин елимизде театр өнерин қәлиплестириўге үлкен итибар берилип, республикамыздың барлық орынларында ҳәр қыйлы мәдений-ағартыў ислери менен шуғылланыўшы мәкемелерин шөлкемлестириў, халыққа тамаша бериўде дөретиўши инсәнлардың шөлкемлестирилиўи менен театр концерт топарларын дүзиў ислери бирқатар сапластырылды. 1920-жыллардың орталарынан баслап қарақалпақ ели арасында «Театр», «Театр труппасы» -деген атама сөзлер халық турмысында пайда бола баслады. Әзелден өзиниң миллий дәстуринде театр өнери болмаған халықларда европа улгисиндеги театрлар сол жыллардан баслап ашылып, дөретиўшилик жумыслар миллий тилинде алып барыла баслайды. Бул жаңа басламалар халықтың театр өнерине болған қызығыўшылығын арттырып, оның раўажланыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизди. Төрткөл педагогика техникумының тәбияттаныў муғаллими Зәрип Фатихович Касымов 1925-жылдың басында техникум оқыўшыларынан қарақалпақ миллий труппасын шөлкемлестиреди. Бул дөгерек дәслеп 13 талантлы жаслардан ибарат болды. Қарақалпақстан областлық билимлендириў бөлиминиң 1925-жылдың 3-майдағы буйрығы менен З. Ф.Қасымов қарақалпақ миллий труппасының көркемлик басшысы болып тайынланады. Қарақалпақстан областлық атқарыў комитети 1926-жылы 11-апрелде «Қарақалпақ миллий драма труппасын дүзиў хаққында» арнаўлы қарар қабыл етеди. Қарақалпақ миллий театрының тарийхында бул қарар ең дәлепки рәсмий ҳужжет болып есапланады, «Таң нуры» Қарақалпақ миллий театр труппасы деген атама берилип оған май айынан баслап З. Ф. Қасымов көркемлик басшысы етип тайынланады. 1926-жылдың 8-ноябрьинде Қасым Аўезовтың «Тилек жолында» атлы төрт картиналы тарийхый драмасы менен «Таң нуры» театрының пердеси салтанатлы жағдайда ашылды. Қарақалпақ миллий театры тарийхының жылнамасы әйне усы күннен басланды. Спектакльге З. Ф.Қасымов халық намаларын өзи таңлайды. 1927-жылы З. Ф.Қасымов басшылығында «Таң нуры» труппасы Шаббаз, Қыпшақ, Хожели, Шымбай, Шортанкөл, Қоңырат бойлап гастрол сапарын өткерип ҳәм сол жерлердиң ҳәүескерлер дөгереклериниң жумыслары менен танысып, оларға әмелий ҳәм мәсләхатлик жардем көрсетеди. Сол жылы «Таң нуры» труппасының көркемлик басшысы етип Әбдираман Өтеповты бекитеди.
Қарақалпақ музыка мәдениятына драма ҳәм музыкалық драма жанрларының раўажланыўында белгили режиссёр Т.Алланазаровтың орны айырықша. Ол қарақалпақ музыка тарийхында биринши миллий режиссёр болып из қалдырды. Т.Алланазаров 1940-жылдан баслап театрдың бас режиссёры болып таярланып, 1959-жылға шекем театрды көркемлик жақтан басқарады.
Төреш Алланазаров (1916–2000) Үлкен актёр, режжиссёр, реформатор, новатор, драматург, дилмаш, алым, уллы устаз. Ол 1916-жылы Қоңырат районында туўылып камалға келген. Т.Алланазаров барлық дөретиўшилик өмирин, қарақалпақ миллий сахна өнерин раўажландырыўға ҳәм театрымыздың өткен тарийхый жолларын излертлеп, кейинги урпақларға жеткериўге бағышланған.
1934-жылы Москвадағы А. В. Луночарский атындағы мәмлекетлик театр 1945-жылға шекем К. С. Станиславский атындағы мәмлекетлик театрында режиссёр ҳәм актёр болып ислеген.
Т.Алланазаров әдебият пенен 1939-жылларда-ақ айланыса баслады. Ол Асан Бегимов пенен бирге «Ғәрип ашық» (1954), Жолмурза Аймурзаев пенен биргеликте «Раўшан» (1956), Пирлепес Тилегеновтың «Биринши гудок» (1960) пъесаларын жазып өзи сахналастырды. Және де театр ушын бир қанша туўысқан халықлардың пъесаларын қарақалпақ тилине аўдарған. Оның аўдармасындағы Максим Горкийдиң «Душпанлар», «Васса Железнова», Абдулла Қаххордың «Жаңа жер», Иван Франконның «Урланған бахыт», Жан Батист Поклен Молердиң «Тортиуф», естон драматурги Ранеттиң «Адасқан ул» В.Лавреневтиң «Америка хаўазы», Г.Мдийванийдиң «Ўатан», Диаконовтың «Жасаўлы тойы», Ғабит Мусреповтың «Қыз Жипек», М.Гусеневтиң «Семья намасы» ҳәм басқа да песалары бизиң театрымыз сахнасында жарық көрген. Т.Алланазаров 1964-жылы «Қарақалпақ театрының раўажланыў жоллары»-атлы тема менен көркем-өнер таныў бойынша кандидатлық жумысын жақлап шыққан.
Әдебиятлар:
- Айгул Надырова, Қарақалпақ музыка тарийхы, «Sano-standart» баспасы Ташкент-2018
- Т.Баяндиев, Каракалпакскому театру -50 ж, «Қарақалпақстан»-1976. 13 бет
- Белгили қарақлпақ театр сыншысы А.Жузимбетов пенен сәүбетлесип, оның қол жазбаларынан пайдаланылды А.Жузимбетовтың уй архивинен
- «Саният» журналы 2016-жыл, 3-сан