Бүгинги күнде улыўма тил билиминде, сондай-ақ жеке тил билиминдеги көплеген изертлеўлер антропоцентристлик парадигма тийкарында алып барылмақта. Буның тийкарғы себеби лингвистикадағы антропоцентристлик принцип ең дәслеп тилди пайдаланыўшы миллетти, инсанды биринши орынға қояды. Антропоцентристлик парадигма өз шеңбериңде этнолингвистика, лингвомәденияттаныў, когнитивлик лингвистика, лингвопсихология сыяқлы жаңа бағдарларды өз ишине қамтыйды. Антропоцентристлик бағдардағы изертлеўлер ең дәслеп қабыллаў (восприятие), ойлаў (мышление), тил (язык), есте сақлаў (память), ҳәрекет етиў (действие) сыяқлы адамның когнитивлик қәсийетине айрықша итибар қаратады. «Қабыллаў», «ойлаў», «тил», «есте сақлаў», «ҳәрекет етиў», «билим» сыяқлы когнитивлик қәсийетлер илимде бурыннан да изертлеў объекти болған. Бирақ, олар дара-дара бир илимниң түсиниги ретинде изертленилип, бир мақсет, бир миннет шеңберинде бири-бири менен тығыз байланыста изертленилмеди.
Килт сөзлер : антропоцентрик парадигма, когнитив лингвистика, лингопсихология, этнолингвистика, қарақалпақ тили, түрк тили.
Сегодня многие исследования в современной лингвистике, а также в лингвистике индивидуальной, проводятся в рамках антропоцентрической парадигмы. Причина этого в том, что антропоцентрический принцип в лингвистике ставит во главу угла нацию, человека, который использует язык. Антропоцентрическая парадигма включает новые области, такие как этнолингвистика, лингвокультурология, когнитивная лингвистика, лингопсихология. Антропоцентрические исследования сосредоточены на человеческих познаниях, таких как восприятие, мышление, язык, память и действия. Когнитивные свойства, такие как «восприятие», «мышление», «язык», «память», «действие», «знание» уже давно являются предметом научных исследований. Однако они не изучались индивидуально как понятие науки и не изучались в тесной связи друг с другом в рамках единой цели.
Ключевое слова: антропоцентрическая парадигма, когнитивная лингвистика, лингопсихология, этнолингвистика, каракалпакский язык, тюркский язык .
Лингвистика илиминиң раўажланыў тарийхында бүгинги күни дәстүрли үш түрли илимий парадигма анықланған. Олар: салыстырмалы-тарийхый, системалы-структуралық ҳәм антропоцентристлик.
«Шынлық өмирди саналы түрде танып билиў менен адам тәжирийбесин категориялаў тил менен байланыслы болып келеди, себеби инсанның когнитивлик хызмети процесинде алынған мазмунлық информация тил ҳәм тиллик формаларда сәўлеленип, сөйлеў арқалы билдириледи. Диалектикалық формадағы когнитивлик процесслер тил менен тығыз байланыслы, себеби, тил адамлардың жәмийетлик тәжирийбеси менен дүнья ҳаққында билимлерин тастыйықлап отырады. Ал бизиң сана дүзилиси ҳаққында билгенлеримиз тек ғана тилге байланыслы, тил усы структуралар ҳаққында хабарлаўға ҳәм оларды қәлеген тәбийий тилде сүўретлеўге мүмкиншилик береди».
Тилди когнитивлик изертлеўде тил менен ойлаў тең деп қаралмайды. Керисинше, тилдиң ойды шөлкемлестириўшилик хызметине көбирек дыққат аўдарылады. Усы байланыстың тийкарында тилдиң таңбалық системасы арқалы терең конструкцияларда грамматикалық байланыслар, категориялар ҳәм модельдер түринде тутас тиллик конструкция дүзиледи.
Когнитивлик лингвистика традициялық лингвистиканың тар шеңберде шекленип қалмаўына ҳәм тиллик нызамлылықларды терең ҳәм жән жақлама ашып бериўге мүмкиншилик жаратады. Мәселен, меншикли атлықларды изертлеўде когнитивлик усыл арқалы тиллик таңбаларда, меншикли атлықларда берилген билимлерди концептилеў ҳәм категориялаў процесслери ескерилиўи, сүўретлениўи тийис. Дүнья ҳаққында әлемниң тиллик образын ономастикалық көзқарастан концептилерди вербальлаў көзқарасынан изертлеў талап етиледи.
Тилдиң болмысын анықлаўдың когнитивлик парадигмасында тилдиң мазмунлық тәрепи грамматикалық структура менен тиккелей байланыслы изертлениледи. Усы көзқарастан түсиндирилетуғын әлемниң тиллик сәўлеси-мифлик билиўден поэтикалық ойға шекем жетилискен ой мазмунын, тиллик модельлердиң санлық ҳәм сапалық қатнасларын қамтыйтуғын раўажланыў жолындағы система болып есапланады.
XXI әсирде жаңа теориялық-билиў методалогиясына сәйкес тилди «өз ишинде ҳәм өзи ушын» үйренетуғын имманентли изертлеў жеткиликсиз болды, оны ой, сана, мәденият ҳәм инсанның турмыслық тәжирийбе хызмети, билиў, философия, дин менен тығыз байланыста изертелеў зәрүрлиги туўылмақта. Усы зәрүрлилик лингвистика илиминде жаңа антропоцентристик парадигманың ҳәм соның тийкарында жаңа илимий бағдардың қәлиплесиўин ҳәм раўажланыўын талап етеди. Бул — тилди изертлеўдиң мақсетин обьекттен субьектке аўдарыў, яғный инсанды тил арқалы, сондай-ақ, керисинше, тилди инсан арқалы изертлеў болып есапланады.
XXI әсир тил билими структура-системалық парадигма менен тутасып, тилди тек қарым-қатынас ҳәм ой-пикирди жеткериўдиң қуралы сыпатында емес, соның менен бирге миллий руўхый, мәдений коды ретинде үйренетуғын антропоцентрислик бағдар менен сыпатланады. Антропоцентрислик бағдардағы пикирлер В.Гумбольдт, И.Гердер, Г.Штейнталь, А.Потебня сыяқлы алымлардың теориялық мийнетлеринде сөз етиледи. Олардың мийнетлеринде көрсетилиўинше, инсан өзиниң парасатлылық, руўхый, социальлық зәрүрликлерин қанаатландыраттуғын түсиниклер (концепт) әлемин пайда етиў ушин информацияларды тиллик канал арқалы алады. Сонлықтан да қәлеген миллет тилиниң тәбиятында сол миллеттиң бир неше әсирлик ғәзийнеси, тили, мәдениятының дереклери жатады. Бирақ, тил улыўма шынлықты емес, инсанның белгили бир топары жасайтуғын орталықтың шынлығын көрсетип қоймастан, сүўретлеп те береди. Тилде инсанның дүньяны қалай қабыллаўы, түсиниўи өз сәўлесин табады.
В.Гумбольдт, А. А. Потебня, М.Хайдеггер ҳәм т. б. тилди руўх, дөретиўшилик хызмет пенен байланыстырады. Яғный, тил — бул пикирлеў механизми, соның ушын сөз — бул объекттиң тиккелей символы емес, бәлким оның лингвистикалық дөретиўшилик процесси нәтийжесинде бизиң ойымыздағы көриниси. Сонлықтан жаңа илимий парадигмаға сәйкес тилди изертлеўде тийкарғы дыққат тиллик түлғаға аўдарылады, соған байланыслы тилди изертлеўдиң жаңа мақсетлери, түсиниклер менен усыллар, метатиллик теориялық тийкарлар қәлиплесе баслады. Атап айтқанда, антропоцентристлик парадигма биринши орынға инсанды (тиллик тулғаны) қояды да, ал тил инсан билиўин жаратыўшы ретинде қаралады.
Улыўма адамзатқа тән болған билиў үлгилери (модельлер) — тилдиң «терең структурасында» пайда болатуғын қурамалы когнитивлик хызметиниң жемиси. Бул жерде когнитивлик модельлер инсанның ойы менен санасы арасындағы аралық образды сәўлелендиреди, яғный қабылланатуғын информация когнитивлик модельлерде «кодланады».
Тил менен ойлаў, тил менен билиў бирлигиниң өзиншелик қәсийетлерин тил билиминиң традициялық, сап тиллик жеке илим тараўы сыпатында изертлеў мүмкин емес. Бул мәселе илимий парадигманың — когнитивлик лингвистика, оның менен байланыслы болған этнолингвистика, псхолингвистика, социолингвистика ҳәм т. б. бағдарларының изертлеў объекти болып табылады. Бул байланыс инсан санасы қалай дүзилген, адам дүньяны қалай биледи, қабылланған информациялар қалай билиўге айланады, ментальлық кеңисликлер қалай жасалады деген сораўларға тилдиң структурасын терең изертлеў арқалы жуўап береди. бул мәселелер этнолингвистикалық аспектинде — В.Гумбольдт [2], Э.Сепир [10], А.Потебня [9], Н. И. Толстой ҳәм С. М. Толстая [12], Ә.Қайдаров [5], т.б.; лингвокультурологиялық аспектте — Ю. С. Степанов [11], Н. Д. Арутюнова [1], Е. М. Верещагин [3] ҳәм т. б. алымлардың илимий изертлеўлеринде философиялық, психологиялық, этнослық, лингвистикалық теорияларының системасы дүньяны тутас билиўдиң теориясы айланасында тил хызметиниң когнитивлик тийкарлары айқынланады. Қазақ тилинде когнитивлик лингвистика илиминиң илимий-теориялық тийкарлары менен арнаўлы шуғылланып жүрген алым Ж.Манкеева төмендегише тийкарғы үш қағыйданы көрсетеди:
- Жәмийетлик тәжирийбеге тийкарланыў, яғный дәстүр даўамлылығы билиўдиң ғәзийнелик қәсийети;
- Билиў модельлериниң символлық түрлери, яғный тилдиң хызмети — информация бериў емес, сәўлелендириўге мүмкиншилик жаратыў. Яғный тил арқалы образлылық пенен дүньядағы объектив шынлықты субъектив түрде символлар арқалы бериў;
- Билиў модельлериниң системалы қәсийети, тутаслығы, яғный сол билиў модели структурасының тутасыўынан қуралатуғынлығын билдиреди [6, с. 140].
Көрип отырғанымыздай, тил хызметиниң когнитивлик тийкарларын анықлайтуғын үш қәсийеттин де ортақ белгиси — тутастырыўшылық, тутас түрдеги билиў пайда етиў. Сонлықтан усы қәсийетлерге сүйенбей, инсанның ментальлық хызмети менен тәжирийбесиниң қәлиплесиўи ҳәм сақланыўын, әўладтан әўладқа жеткерилиўин тәмийинлеў мүмкин емес Сап тиллик көзқарастан ол тилдиң кумулятивтик хызмети менен тиккелей байланыслы. Ол өз нәўбетинде қабыллаў, ойлаў, яд сыяқлы психологиялық түсиниклер менен тығыз байланыслы болып, тутас түриндеги когнетивлик парадигманы дүзеди.
Тил билими раўажланыўының ҳәзирги дәўирине сәйкес когнитивлик лингвистика тиллик семантика, функциональ лингвистика ҳәм т. б. тилди улыўма когнитивлик түсиник сыпатында үйренеди. Атап айтқанда, функциональ лингвистика тиллик қуралларды, когнитивлик модельдер менен усыллардың вербализацияланыўын анықлайды.
Когнитивлик лингвистика илимине қатнаслы қолланылатуғын «когнитология», «когнитив» терминлерин қарақалпақ тилинде «билиў» термини арқалы берилип жүр. Билиўди билиў илими ямаса тилдиң билиўдиң қәсийетин изертлеўши антропоцентристик бағдардағы тил билииминиң үлкен бир тараўы деп атаўға болады. Билиў илиминиң түп дереги жүдә ертеден басланады. Когнитологияның тийкарғы объекти билиў менен ақыл, ой менен сана, тил менен билиў, тил менен ойлаў, тил менен сана болып табылады.
Әййемги философлар Аристотель, Платон, әл-Фараби ҳәм т. б. мийнетлеринде тилдиң билиў қуралы екенлиги жөнинде пикирлер ушырасады. Мысалы: уллы ойшыл Платон «Кратиль» атлы философиялық мийнетинде: «белгили бир затқа берилетутын атамалардың жәрдеми менен қоршаған орталықты танып-билиў билиўдиң структурасының төменги басқышын қурайды, ал бул системаның ең жоқарғы басқышы тиллик структуралар арқалы сәўлеленеди» [8, с. 343] — деп көрсетеди.
Когнитивлик терминлер сөзлигинде когнитивлик лингвистикаға мынадай анықлама бериледи: «Когнитивная лингвистика — это «лингвистическое направление, в центре внимания которого находится язык как общий когнетивный механизм, как когнетивный инструмент-система знаков, играющих роль в репрезинтаций (кодировании) и трасформировании информации» [4, с. 153].
Рус тил билиминде когнитивлик лингвистика илимине В. А. Маслова былайша анықлама береди: «Когнитивная лингвистика дополняет анализ языка анализом речи, различных контекстов употробления соответствующих лексем, зафиксированных в текстах суждений о концепте, его определений в разных словарях и справочныках, анализом фразеологии, пословиц, поговорок, афоризмов, в которых концепт репрезентирован» [7, с. 27–28]. Демек, когнитивлик лингвистика когнитивлик системадағы лингвистикалық бағдар болғанлықтан, тилдиң билиў қәсийетин терең изертлеўге мүмкиншилик береди. Тилдиң когнитивлик образын тилдеги қәлеген тиллик бирликлериниң астарынан аңлаўға болады. Мысалы: қарақалпақ тилиндеги нақыл-мақал, фразеолизимлер, ушырма сөзлер қарақалпақ халқының нешше әсирлик дүньяны билиўи тийкарында дөрелген тиллик бирликлер болып есапланады.
Адабиёт:
- Арутюнова Н. Д. Язык и мир человека. — М.: Языки русской культуры, 1999. — 896 с.
- Вильгельм фон Гумбольдт. Язык и философия культуры. — М., 1995. — с. 323.
- Верещагин Е. М., Костомаров В. Г. Язык и культура. Лингвострановедение в преподавании русского языка как иностранного. — М., 1990.
- Жеребило Т. В. Словарь лингвистических терминов. Изд. 5-е, исправленное и дополненное. — Назрань: Пилигрим, 2010. — 153 с.
- Қайдаров Ә. Қазақ тiлiнiң өзектi мәселелерi. — Алматы: Ана тiлi, 1998. — 304 б.
- Манкеева Ж. А.Қазақ тiлiн зерттеудiң когнитивтiк негiздерi: эмоция, символ, niлдiк сана. — Алматы, 1998. — 140 б.
- Маслова В. А. Введение в когнитивную лингвистику. — М.: Наука, 2011.
- Платон. Письма. — М., 1972. Т.5. — 343 с.
- Потебня А. Эстетика и поэтика. — М.: Искусство, 1976. — 614 с.
- Сепир Э. Избранные труды по языкознанию и культурологии. — М., 1993. — 656 с.
- Степанов Ю. С. Константы. Словарь русской культуры. Опыт исследования. — М., 1997.
- Толстой Н. И., Толстая С. М. Славянская этнолингвистика. Вопросы теории. — М., 2913. — 240 с.