Қазақ ҳәм қарақалпақ фольклорында мифологиялық әпсаналар | Статья в журнале «Молодой ученый»

Отправьте статью сегодня! Журнал выйдет 28 декабря, печатный экземпляр отправим 1 января.

Опубликовать статью в журнале

Автор:

Рубрика: Молодой ученый Қазақстан

Опубликовано в Молодой учёный №19 (414) май 2022 г.

Дата публикации: 14.05.2022

Статья просмотрена: 76 раз

Библиографическое описание:

Ботабаев, К. И. Қазақ ҳәм қарақалпақ фольклорында мифологиялық әпсаналар / К. И. Ботабаев. — Текст : непосредственный // Молодой ученый. — 2022. — № 19 (414). — С. 511-513. — URL: https://moluch.ru/archive/414/91492/ (дата обращения: 18.12.2024).

Қарақалпақ мифологиялық әпсаналары жыйналыўы, изертлениўи жағынан қолға алынбады десек болады. Нәтийжеде миф жанры аз жыйналды және оны өз алдына жанр ретинде сөз етилмеди. Бизге тили жақын түркий халықлардың, сондай ақ дүнья халықлары фольклористика илиминде де мифти изертлеў ХХ әсирдиң 60–70 жылларында қолға алынды. Миф дегенимиз не, оның басқа жанрлардан қандай жанрлық өзгешеликлери бар деген сораў туўады.

Кілтті сөздер : жанр, миф, әпсана, фольклор, мифология.

Можно сказать, что каракалпакские мифологические легенды не собирались и не изучались. В результате жанр мифа был менее собран и не упоминался как самостоятельный жанр. Изучение мифов в науке о фольклоре тюркских народов, язык которых нам близок, а также народов мира началось в 60–70-е годы ХХ века. Возникает вопрос, что такое миф и чем он отличается от других жанров.

Ключевые слова: жанр, миф, легенда, фольклор, мифология.

Әпсаналарды тематикалық жақтап бөлистиргенде мифологиялық әпсаналар ҳаққында өз алдына сөз етиўге туўра келеди. Европа халықлары фольклортаныў илиминде мифти фольклордың жанрларының бири (Е. М. Мелетинский) [5], әййемги жәмийетте жасаған адамлардың дүньяны түсиниў жолындағы сада ойлары, динниң қәлиплесиўинде әҳмийетли басқыш, әййемги дәўирдиң философиясы (Э. Б. Тайлор) [7] екенлигин айтып оны өз алдына жанр деп қарайды. Ҳақыйқатында миф фольклордың басқа жанрларынан бираз өзгеше, оны таза фольклорлық жанр деп есаплаў бираз шынлыққа туўры келмейди. Мифте әййемги адамлардың дүньяға көзқарасы, философиясы, дүнья танымының образлы түрде эпик гүрриңлери. Сонлықтан бир топар илимпазлар мифти фольклордың бир жанры ретинде қарамайды, оны турмыс шынлығын санасыз — көркем суўретлеў усылында сөз ететуғын, оны өз алдына жанр емес, ал әпсаналар, фантастикалық ертеклердиң ишинде жасайтуғын жанр деп қарайды (К. Имомов) [1]. Бизиң пикирмизше, миф халық прозасына киретуғын жанр болғаны менен ол өз алдына жанрлық қәсийетлери әпсана, ертек сыяқлы қәлиплеспеген жанрдың түри. Мифтиң қайсы түрин алып қарағанда да ол нәрсениң келип шығыўын түсиндириўде әпсаналық түс алады. Сонлықтан фольклористлердиң биразы (К. Имомов, М. Жураев) мифти әпсана деп қараўы дурыс деп есаплаймыз. Биз алдын миф ҳаққында изертлеў жумысларын жүргизген илимпазлардың пикирине сүйене отырып, мифти биз әпсана жанрының ишинде қараўды мақул деп таптық. Деген менен миф таза түрдеги әпсана емес, оны шығысы мифлик болған «мифлик әпсана» деп атаў дурыс деп ойлаймыз.

Миф — бул грек сөзи аңыз, әпсана деген мағананы билдиреди. Миф деп дүнья фольклортаныў илиминде бизиң ата бабаларымыздың дүнья, жаратылыс ҳаққындағы дәслепки класслық жәмийетке шекемги адамның әййемги дәўирдеги философиясы сада ойлаўы (А. Ф. Лосев) [2] десе, екинши топар илимпазлар әййемги адамлардын өзин қоршаған тәбият ҳаққында көркемлик ойларынан туўылған фольклордың жанры (Е. М. Мелетинский) [5] сыпатында изертлеў жумыслары исленди.

Қарақалпақ мифологиялық әпсаналарының жыйналыўы жағынан да қолға алынбады десек болады. Совет ҳүкиметиниң бир тәреплеме алып барған идеологиялық сиясаты нәтийжесинде әсиресе миф жанрына қатты унамсыз тәсирин тийгизди. Атеистлик тәрбия бизиң қудай, пайғамбарлар, бизден тысқары жасайтуғын материаллық дүнья ҳаққында бизиң ата бабаларымыз айтып келген гүрриңлерин жыйнаўға белгили дәрәжеде қарсы болды. Нәтийжеде миф жанры аз жыйналды және оны өз алдына жанр ретинде сөз етилмеди.

Бизге тили жақын түркий халықлардың, сондай ақ дүнья халықлары фольклористика илиминде де мифти изертлеў ХХ әсирдиң 60–70 жылларында қолға алынды [3]. Миф дегенимиз не, оның басқа жанрлардан қандай жанрлық өзгешеликлери бар деген сораў туўады.

Миф дүньядағы барлық халықлардың аўыз әдебиятында бар жанр. Миф Америка индеецлери, Африка, Океания, Австралия, Қытай, Индия халықларында да жердиң, адамның пайда болыўы ҳаққында айтылған халық аңызлары, улыўма дүнья халықлары мифлери тәбияттың сырын ашыўда сюжети бир-бирине жақын келеди. Ең баслы мифке тийисли жанрлық қәсийетлериниң бири миф дүньяның келип шығыўы ҳаққында адамның фантастикалық ойларын береди.

Адам баласы өзин қоршаған табият ҳаққында оның сырлары, табияттың стихиясы, оның қайдан келип шыққаны, қалай пайда болатуғынлығы жөнинде ойланбай қойыўы мүмкин емес еди. Ол адамнын санасы ҳәм тили менен бирге пайда болады. Бул ойлар менен адам баласының санасы оянғаннан баслап жасайды. Бул ойлардың тарийхына неше мыңлаған жыллар болған. Табияттың сырларын өзиниң сада балалық, нәрестелик ойлары менен шешиў, тәбият сырлары ҳаққында неше мыңлаған таласлы тартыслы әңгимелерди тоқыў, бул мифлердиң жанрлық тәбиятына тән нәрсе. Мифтиң ең баслы жанрлық қасийети ол табияттың сырын әййемги ата бабаларымыз сада ойлаўы менен ашыўды мақсет етеди, сонлықтан онда баслы нәрсе тәбият сырын ашатуғын әңгимениң түйини, яғный сораў турады, сол сораўды әййемги адамлардың сада ойлары менен шешиў бул жанрдың баслы өзгешеликлериниң бири. Мифтиң әпсана менен байланысы онда обьекттиң болыўы, тарийхый шынлықтың орнына тәбияттың обьектлери ҳаққында көркем сюжетлер, көркем эстетик ойларды эпик планда сөз етеди.

Мифти изертлеген рус илимпазы Е. М. Мелетинский мифлердиң ең әййемги түрин архаикалық мифлер деп алады, оның баслы өзгешелиги етип сөз етип отырған қубылыслардың, заттың пайда болыўын түсиндиреди деп белгилейди [5]. Егер архаикалық мифтиң баслы белгисин усы принцип пенен алсақ, онда қарақалпақ мифлери архаикалық мифлерден туратуғынлығын көремиз. Архаикалық мифлердиң және бир белгиси мифлик ўақыт пенен мифлик сана, мифлик түсиник пенен мифлик ойлаўдын берилиўи «мифлик кодтың» сақланыўы. Ең дәслепки мифлерде жер-адам, космос денелери, табият-адам деген түсиник бериледи. Соңғы дәўирде пайда болған мифлерде жер адам деп берилген түсиник бузылып, оның орнынан жердиң үстинде жасап атырған адамлар ҳаққында, яғный адам табияттан бөлинген түсиник пайда болды. Архаикалық мифлердиң сюжети көркемлик дүньясы жүдә әпиўайы болып келеди.

Қарақалпақ халқының да ата-бабалары әййемги заманлардан бери тәбияттың сырын ашыўды, оның заңларын, тәбият қубылысларының сырын түсиниўге қызығып келген. Мифологиялық әпсаналардың қарақалпақ аўыз әдебиятының ең бай жанрларының бири болыўы бизиң ата-бабаларымыздың ең әййемги заманларда-ақ дүньяның келип шығыўы, табият стихиясы ҳаққында өзиниң түсинигин берип келгенлигиниң дәлийли. Бул әпсаналар әййемги дәўир аўыз әдебиятының шығармасы болғаны менен ол неше әсирлерди басып өтип бизге жетти. Сонлықтан ол ҳәр бир жәмийеттиң, жәмийетлик қурылыстың талапларына сай өзгерип, жаңарып, умытылып, және туўылыў процесслерин басынан кешириўи табийғый.

Мифти изертлеген илимпазлар мифти тийкарынан тематикалық жақтан төмендегидей етип бөлистиреди:

  1. Аспан денелери ҳаққындағы (космогониялық) мифлер.
  2. Адамлардың келип шығыўы ҳаққындағы мифлер (антропогонлық).
  3. Ҳайўанатлар менен қуслар, жәнликлердиң, өсимликлердиң келип шығыўы ҳаққындағы мифлер (этиологиялық).
  4. Дүньяның ақыйры жөниндеги (эсхатологиялық) мифлер. Бул бөлистириў көпшилик халықлар фольклортаныў илиминде қабыл етилген классик бөлистириў [4].

Усы бөлистириўдиң ҳәр бири қарақалпақ халық прозасында бай түрине ийе. Соның менен бирге олардың ҳәр биринде жоқ, қарақалпақ аўыз әдебиятында сақланған түрлери де бар. Бул ҳаққында биз жумыста сол мифлер жөнинде сөз еткен бапларда тоқтаймыз.

Қарақалпақ халықының да аўыз әдебиятында космос денелери ҳаққында мифлик әпсаналары фольклордың ең бай түри болып есапланады. Соның ишинде қарақалпақ аўыз әдебиятында ең әййемги миф- бул космос денелери, космостағы ɵзгерислер ҳаққындағы мифлик әпсаналары болып есапланады. Космос денелери ҳаққында қарақалпақ мифлери мазмуны, түри жағынан байлығы ҳәм ҳәр түрлилиги менен ɵзгешеленеди. Бул мифлердиң өзи үш түрге бөлинеди. Күн ҳаққындағы мифлер, буны орыс фольлористлери «солярлық мифлер» деп атайды. Ай ҳаққындағы мифлер- «лунарлық мифлер», Жулдызлар ҳаққындағы мифлер «астралдық мифлер» деп бɵлистиреди [6]. Космос ҳыққындағы мифлерди адам санасыныӊ жаӊа кәлиплесе баслаған ўакыттағы ойлаўынан туўылған. Бунда күн, ай, жулдызларды бир ўақытта адам болған деп ойлаўында, сонынан оларды күнге, айға айналып кеткенлиги ҳаққында сɵз етиледи. Мысалы, Күн менен Ай бир адамнын еки қызы (гейде егиз қыз) болған екен. Күнге шайтан келип Айды жаманлайды. Сеннен Ай сулыўырақ, сен оннан сулыў емессеӊ дейди. Айды қызғанған Күн Айдыӊ бетин барып ɵзиниӊ ыссылығы менен күйдирипти. Айдыӊ бетиндеги дақ соннан қалған екен. Соннан бери еки туўысқан бир бирине жақынламайды екен деп айтылады.

Күнди қарақалпақ мифлеринде адам образында береди, ол адамдай жаман нәрсени кɵрсе жеркенеди. Күнниӊ тутылыўын бизиӊ ата-бабамыз жер бетиндеги адамлардыӊ жаманлығын кɵргиси келмей Күнниӊ адамлардан бет бурыўы, кɵп қан тɵгиспелерди кɵрген ўақытта жеркениўи деп береди. Күн ҳәр күни азанда шыққысы келмейди екен, сонда Аллатала периштелерди жибереди екен. Периштелер отлы гүрси менен Күнди урып шығаратуғын кусайды деп айтылады.

Қарақалпақ мифлеринде Жулдызлар, Жети қарақшы жулдызы, Темир қазық, Шолпан жулдыз, Шɵмиш, Сабан жол ҳаққында мифлердиӊ сюжетлери бар. Жети қарақшы жулдызы ҳаққында мифлерде жети қарақшы жигит адамлардыӊ малын урлап қоймайды. Ақыры адамлар оларды жердиӊ бетинде жүргизбей куўады, олар адамлардан қашып аспан әлемине жасырынады. Олар аспанға барғанда да Темирқазыққа арқанлап қойылған Ақбозат пенен Ккбозатты урламақшы болып аӊлыйды. Темирқазыққа жете алмайды, себеби таӊ атып кетеди. Олар ҳәр күни Темирқазыққа байланған атларды аӊлыйды. Ал, Темирқазық ҳеш қозғалмастан бир жерде турады. Себеби оны қозғалмастан темирден кағып қойылған қазық. Жулдызлар бул мифлерде адам образында бериледи.

Қарақалпақ мифлеринде жердиӊ пайда болыўы ҳаққында миф аз. Жерди Жаратқан Алла жаратты деген түсиник ғана айтылады. Бирақ Алла тала жерди ислеп болған соӊ оныӊ бетинде жасайтуғын 100000 мақлуқты жибереди. Соныӊ тоқсан тоғызы ғана периште, калғаны түрли жаман мақлуқлар. Олардыӊ мыӊнан аяғы болады. Күнниӊ нурынан олар қорқады. Күн бар ўақытта уясында жатады, ал Күн батқан соӊ ҳәр бири мыӊ аяғы менен жердиӊ бетине шығады. Сол бизиӊ ата-бабамыз түнде жүрсеӊ түрли бәлеге жолығасаӊ деп айтатуғыны соннан қалған. Енди Алла жаратқан Жерди ктерип турыўды гизге берген. Жерди ɵгиз еки шақы менен кɵтерип турған қусайды. ϴгиздиӊ бир шақы шаршап екинши шақына жерди аўдарғанда жер силкиниў болады. Бул миф жердиӊ калай турғанлығы ҳәм жердиӊ силкиниў себебин шешиў ҳаққында айтылады.

Әдебиет:

  1. Имомов К. Ўзбек халқ прозаси. Ташкент: ФАН, 1981.
  2. Лосев А. Ф. Философия, мифология, культура. М.: 1991,
  3. Қараңыз: Стеблин Каменский М. И. Миф. Л.: 1976; Путилов Б. Н. Миф, обряд, песня Новой Гвинеи. М.: 1980; Акромов Г. Мифлогия в узбекском народном творчестве. АКД., Баку, 1980; Рахмонов Т. Л. Қадимги мифлар узбек фольклори эпик мотивларининг ўзаги сифатида. АКД., Тошкент, 1996; Жўраев М. Ўзбек халқ самовий афсоналарининг тарихий асослари. АДД., Тошкент, 1996.
  4. Қараңыз: Ш.Ыбыраев. Қазақтың мифлери менен мифлик әӊгимелери.// Қазақтың мифтик әңгимелери. Алматы, 2001; Қасқабасов С. Қазақ халық прозасы. Алматы: Ғылым, 1984.; Дербисалиев Ә. Араб әдебияты. — Алматы: Ғылым, 1968.
  5. Мелетинский Е. М. Поэтика мифа. М., 1976:
  6. Мифы народов мира. М., 1991, Т-1, ст. 11–20.
  7. Тайлор Э. Б. Первобытная культура. М., 1989.
Основные термины (генерируются автоматически): Миф, жанр, бар, жанр аз, жердь, космос, сад.

Похожие статьи

Бердақ шыӻармаларыныӊ жыйналыўы, басып шығарылыўы ҳәм изертлениўиниӊ айырым мәселелери (XX әсирдиң басынан 1960–80 жылларына шекем ҳәм ғәрезсизлик дәўири)

Мақалада Бердақ шайыр дөретиўшилигиниң изертлениўи тийкарында пайда болған ири мийнетлер ҳәм мақалалар ҳаққында сөз болады.

Қазақ драматургиясындағы комедия жанры

Мақалада қазақ драматургиясының қалыптасуындағы фольклорлық негіздердің рөлі қарастырылады. Тарихи эпостар мен аңыздар тақырыбына жазылған комедиялардың табиғаты айқындалады. Жеке жазушылардың шығармашылық дағдылары мен ерекшеліктері ғылыми тұрғыдан ...

Ойыншықтардың балалар әдебиетінде алар рөлі мен маңызы

Мақалада ойыншықтардың балалар әдебиетіндегі алар рөлі мен маңызы катаристік идеялар негізінде қарастырылды. Балалар әдебиетін дамытудың эврикалық жолы ұсынылды. Балалар әдебиеті мен ойыншықтардың әлеуметтік қоғамда прогрессивті қызмет атқаратындығы ...

Қазақ фантастикасының диахронды сипаты

Мақалада қазақ әдебиетіндегі фантастика жанрының диахрондық сипаты жан-жақты қарастырылған. Сонымен қатар, ғылыми тұжырымдамалар негізінде қазақ әдебиетінде фантастика жанрының бар екендігі дәлелденді және оның прогрессивті сипатына нақты мысалдар ке...

Қарақалпақ театр өнериниң пайда болыўы ҳәм раўажланыўына тийкар салыўшылар

Театр-бул халыққа ибрат болатуғын уллы дәргай. Себеби жәмийетте жүз берип атырған ўақиялардың бәршеси театр өнеринде өз изин қалдырады. Бул мақалада қарақалпақ театр өнериниң пайда болыўы ҳәм раўажланыўына тийкар салыўшылар хаққында сөз барады.

Қазақ драматургиясындағы ұлт-азаттық көтеріліс тақырыбы

Мақалада қазақ драматургиясындағы ұлт-азаттық көтерілісі тақырыбына жазылған пьесалардың табиғатын ашу мәселелері қарастырылады. Жеке қаламгерлердің суреткерлік шеберлігі, өзіндік ерекшеліктері талданып, шығармаларына ғылыми тұрғыдан баға беріледі.

Бастауыш сынып оқушыларында пайда болатын оқушының жеке басының дамуына психологиялық әсер

Мұғалім балаға әсер еткенде, ол көптеген параметрлерді ескеруі керек: эмоционалды-психологиялық жағдай, мәдени және жас дамуының жалпы деңгейі, қарым-қатынастың қалыптасуы, рухани және интеллектуалдық даму. Нәтижесінде сыртқы көріністер негізінде бал...

Фразеологияның Қазақстанда дамуы мәселесі

Бұл мақалада фразеологияның қырларын зерттеумен айналысқан отандық ғалымдардың еңбектері сараланды. Аталмыш зерттеушілердің ізденіс жұмыстарынан негізгі топтастырулар, ой-пікірлер мен тұжырымдар талдана отырып, фразеологияға қатысты іргелі еңбектерге...

Дәстүрлі өнердегі сиқырлы сазға бай аспап құпиясы

Мақалада жетіген аспабының тарихына, сонымен қатар өзге халықтардың жетіген тектес аспаптарына көз жүгірту арқылы аспабымызды салыстырып, зерттеу. Кәсіби тұрғыда дамыту, жетілдіру туралы сөз болмақ.

БҚО Орал қаласы, «Мирас» Шаруа қожалығындағы қолдан ұрықтандыру кезінде жіберілетін қателіктер

Жасанды ұрықтандыру- бұл ұрықты тікелей жатырға енгізу арқылы бедеулікті емдеу әдісі. Ғалымдар үй малын тез өсіру жолын жасады. Содан бері жануарлар адамдарға арналған техникаға бейімделе бастады.

Задать вопрос